Параспортшымыз Өзбекстан чемпионына айланды
155

Чирчиқ қаласында үлкенлер, жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында пара пауэрлифтинг бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте. Жарыста мәмлекетимиздиң түрли аймақларынан келген 400 ге шамалас пара спортшы жеңимпазлық ушын беллесип атыр.
Чемпионат беллесиўлеринде Нөкис мәмлекетлик техника университетиниң
3-курс студенти Хусниддин Усмонжонов пара пауэрлифтинг бойынша барлық қарсыласларынан үстем келип, жеңимпазлықты қолға киргизди.
Усы тийкарда спортшымыз сыйлы 1-орынды ийелеп, Өзбекстан чемпионлығын өз есабына жазып қойды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)