Қарақалпақстанда ғәлледен мол қырман үйилди

Қарақалпақстан Республикасында 2026-жыл өними ушын 2 091 фермер хожалығы тәрепинен 53 000 гектар майданда масақлы дән егинлери жетистирилди.
Фермер ҳәм дийқанлардың пидәкерлик мийнети нәтийжесинде усы жылдың зүрәәти ушын 124 900 тонна ғәлле жыйналды.
Бул нәтийже мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўды раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў бағдарында алып барылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Ерисилген жетискенликте ғәллекеш фермерлердиң машақатлы мийнети, агрономлар, механизаторлар, тараў қәнигелери және орым-жыйын процесинде белсене қатнасқан барлық хызметкерлердиң мүнәсип үлеси бар.
Ғәлледен мол зүрәәт алыўдағы мийнет жеңиси ушын пидайы дийқанларымыз, барлық тараў хызметкерлерин қутлықлаймыз.