Жаслар байрамында бир топар белсендилер сыйлықланды

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен ушырасыўы өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң барлық регионларынан, соның ишинде Қарақалпақстаннан видеобайланыс арқалы жаслар қатнасты.
Өткерилген ушырасыў алдынан дәслеп илим, технология, мәденият, көркем өнер, спорт, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларда заманласларына өрнек болып атырған бир топар жасларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм көрсетилип атырған аталарша ғамхорлығы ҳаққында кең түрде атап өтти.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен бир топар белсенди жасларға «Үмит ушқыны» көкирек белгилери тапсырылды.

.jpg)
.jpg)

.jpg)

