Президент инновациялық жойбарлар менен танысты

Нөкис техника университетине Президент саўғасы - автомобиль тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёев Жаслар күни мүнәсибети менен Олимпиада қалашасында шөлкемлестирилген арнаўлы көргизбеде елимиздиң белсенди жаслары тәрепинен жаратылған инновациялық исленбелер менен танысты.
Көргизбе шеңберинде Нөкис мәмлекетлик техника университети студентлери тәрепинен «Shell Eco-marathon» халықаралық таңлаўы ушын ислеп шығылған «Aral Drive» жойбары университеттиң «Экономика ҳәм телекоммуникация инжиниринги» факультети «Экономика» бағдары 2-курс студенти Асанова Айзада тәрепинен Президентимизге усынылды.
Бул жойбар университет студентлер жәмәәтиниң инженерлик ҳәм инновациялар тараўындағы потенциалын көрсететуғын исленбелерден бири сыпатында итибарға ийе болды.
❗️Қуўанышлы тәрепи, бул инновациялық жойбар мүнәсип баҳаланып, Президент саўғасы Volkswagen автомашинасы тапсырылды.
.jpg)
.jpg)