Орынларда пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў мәселелери үйренилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханасы тәрепинен Тақыятас ҳәм Хожели районларында пуқаралардың мүрәжатларына унамлы шешим табыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасты.
Танысыў барысында соңғы 6 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, тараўлар кесиминде келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды.
Сондай-ақ, көп мүрәжат еткен пуқаралар бойынша толық қайта үйренип, олардың машқалаларын шешиўде комплекс илажларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Соның менен бирге, орынлардағы машқалаларды шешиў бағдарында пуқаралар ушын қабыллаўларды турақлы түрде өткериў, билдирилген мүрәжатларды өз ўақтында шешилиўин тәмийинлеў бойынша анық тапсырмалар берилди.


.jpg)
