Исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланбақта
.jpg)
Ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен VI ашық сөйлесиўине таярлық жумыслары барлық орынларда даўам еттирилмекте.
Мине усы бағдардағы илажлардың даўамы сыпатында, көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған, Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген Қара үйде исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети баслығы А.Мавлонов қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли имканиятлар жаратып берилген.
Бүгинги ушырасыўда да мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында атап өтилди.
Сондай-ақ, исбилерменлердиң өз бизнесин еледе раўажландырыўы ушын және қандай илажларды әмелге асырыў бойынша пикир усыныслары ҳәм машқалалары тыңланды.

.jpg)
.jpg)
