Ақтөбе қаласында Қарақалпақстан саўда үйи ашылды
260

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде елимиздиң экономикасы еледе беккемленип, экспорт потенциалы артып бармақта.
Соны айрықша айтыў керек, Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында Қарақалпақстанда жетистирилген ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сатыў мақсетинде арнаўлы саўда үйи ашылған еди.
Жақында Ақтөбе областы Ақтөбе қаласы "Табыс Алаңы" көтере саўда базары аймағынан және бир Қарақалпақстан саўда үйи ашылды.
Бул жерде елимизде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери, санаат ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ислеп шығарылған өнимлер сатылыўы жолға қойылмақта.
Саўда үйинде арнаўлы саўда орынлары, музлатқышлы қоймаханалар, қолайлы инфраструктура жаратылған.