«Besqala Mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының резидентлери жумысын әмелге асырыў тәртиби белгиленди

Өзбекстан Республикасы перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен ҳүрметли Президентимиздиң 2026-жыл 17-апрельдеги "Қарақалпақстан Республикасында арнаўлы майнинг зонасын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын жолға қойыў илажлары ҳаққында"ғы 143-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Besqala Mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының резидентлерин дизимнен өткериў ҳәм жумысын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже қабыл етилди.
Реже «Besqala Mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының жумысын әмелге асырыў, юридикалық тәреплерди арнаўлы зона резидентлери сыпатында дизимнен өткериў ҳәм олардың жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилейди.
Атап айтқанда, Реже менен төмендегилер нәзерде тутылған:
резидент сыпатында дизимге алыў ҳәм де майнингти әмелге асырыў ушын талаплар ҳәм шәртлер;
резидент сыпатында дизимге алыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер дизими;
арзаларды тапсырыў, көрип шығыў ҳәм олар бойынша қарар қабыл етиў тәртиби;
руқсат бериў тәртип-қағыйдалары, соның ишинде, резидент сыпатында дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалық ҳәм майнингти әмелге асырыў ушын рухсатнаманы қайта рәсмийлестириў, оларға өзгерислер киргизиў, әмел етиў мүддетин созыў, сондай-ақ, олардың әмел етиўин тоқтатып турыў, тоқтатыў ҳәм бийкар етиў;
резидентлер тәрепинен рухсат бериў характерине ийе талаплар ҳәм шәртлерге әмел етилиўин қадағалаў илажлары;
табылған крипто-активлерди реализациялаў тәртиби.
Арнаўлы зона резидентлерине майнингти әмелге асырыў ушын қайта тиклениўши энергия дәреклериниң барлық түрлери, водород электр станциясы тәрепинен ислеп шығарылған, сондай-ақ, арнаўлы зона аймағында жайласқан рентабеллиги төмен, аз дебитли, таўсылып баратырған кәнлерди, сондай-ақ, углеводородларды жеткерип бериўдиң транспорт системасы жоқ ямаса ескирген кәнлерди келешекте өзлестириў, сақлаў ҳәм үскенелеў арқалы ислеп шығарылған электр энергиясынан пайдаланыўға рухсат бериледи.
Усы Режениң қабыл етилиўи жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиўге, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң барлық түрлеринен пайдаланған ҳалда майнинг жумысын әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.