Қарақалпақстанға жаңа трансформатор пунктлери алып келинди

Бүгинги күнде республикамызда төмен күшлениўли электр тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соны айрықша айтыў керек, усы жылы арнаўлы бағдарламалар шеңберинде Қарақалпақстанда жәми 818,4 км 0,4-10 кВ электр узатыў тармақлары, 219 дана трансформатор пунктлери, 7 дана ячейка және 8 дана бөлистириў пунктлерин (РП) реконструкция ҳәм модернизациялаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Соннан, бүгинги күнге шекем әмелде 212,8 км электр узатыў тармақлары ҳәм 23 дана трансформатор пунктлери орнатылып, қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам еттирилмекте.
Әмелге асырылып атырған жумыслар қатарында мәмлекетимиз басшысының арнаўлы тапсырмасына тийкар 459-санлы Президент қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 53-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-2029-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында Жәҳән банкиниң 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары есабынан төмен күшлениўли 0,4-110 кВ тармақларды модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған.
Усы жойбар шеңберинде 2026-жылы 102,2 млрд. сумға жақын қаржы есабынан Қарақалпақстанда 462,5 км электр узатыў тармақлары, 8 дана бөлистириў пунктлери (РП), 6 дана ячейка ҳәм 118 дана трансформатор жаңадан орнатылыўы белгиленген. Бүгинги күнде объектлердиң жойбар-смета жумыслары жуўмақланып, қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаў ушын зәрүр материаллар топланбақта.
Бүгин усы жойбардағы жумыслар шеңберинде 8 дана трансформатор пунктлери Қарақалпақстанға алып келинди. Және 110 дана трансформатор алып келинеди.
.jpg)
