Қарақалпақстан делегациясы II Халықаралық Өзбекстан-Корея энергетика форумы шеңберинде әҳмийетли келисимлерге қол қойды

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм Қубла Кореяның жетекши энергетика структуралары менен биргеликте шөлкемлестирилген II Халықаралық Өзбекстан-Корея энергетика форумы (Energy Value Networks Forum) жуўмақланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Ниязов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы да қатнасты.
Еки күнлик абырайлы илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы делегациясы тәрепинен аймақта жасыл экономика ҳәм жоқары технологияларды енгизиўге қаратылған сондай-ақ, аймақты жасыл энергетика ҳәм инновациялар орайына айландырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Қубла Кореяның алдынғы компаниялары ҳәм институтлары менен дүзилген бул келисимлер Қарақалпақстанның социаллық инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде жаңа басқышты баслап береди.
Атап айтқанда, Корея климат өзгериўи институты менен ерисилген келисим шеңберинде социаллық обектлерди қуяш панельлери менен тәмийинлеў, "ФорЕМДХ" шөлкеми менен энергетика системасына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм ақыллы басқарыў системаларын (Smart Grid) жолға қойыў, "GoodBeCar" шөлкеми менен Қарақалпақстанда электромобиллер (ЕВ) батареяларын қәўипсиз утилизациялаў, оларды екилемши энергия сақлаў системалары (ЕСС) сыпатында қайта ислеў инфраструктурасын жаратыў нәзерде тутылмақта.

.jpg)

.jpg)