Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ушырасыў болып өтти.
Онда мебель ислеп шығарыў ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыўшы исбилерменлердиң пикир-усыныслары ҳәм басламалары тыңланды.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды ҳәм имканиятларды жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бунда Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы иләжлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда айырым себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.
Жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай баслама барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.
Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм көтерилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
