Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды

Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2026-2027-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине қабыллаў ушын кириў тест сынақлары басланды.
Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бөлими имаратында да абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада, 1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.
Быйыл Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 31 мыңға шамалас абитурентлер қатнасыўы күтилип атырған болып, тест сынақлары усы жылдың 23-июль күнине шекем даўам етеди.
Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2026.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
