Қарақалпақстанлы жас қутқарыўшылар халықаралық майданда жоқары нәтийжеге еристи!
255

Беларусь Республикасында болып өткен ХIХ Халықаралық "Жас қутқарыўшы" жарысында қатнасқан Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларынан ибарат команда жоқары шеберлик көрсетип, сыйлы 2-орынды ийеледи.
Жеңимпаз оқыўшыларды, олардың ата-аналары, устазлары ҳәмде команда тренерлерин усы жоқары табыс пенен қызғын қутлықлаймыз!

