❗️Өзбекстанда "мәҳәлле жетилиги"не 10 млн сумнан грант ажыратылады
283

Президент тапсырмасына муўапық, ҳәр бир мәҳәлледе социаллық машқалаларды шешиў, тазалықты тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматын арттырыўға қаратылған жойбарлар ушын "мәҳәлле жетилиги"не 10 миллион сумнан грант бериледи.
Бул мақсетлер ушын жәми 240 миллиард сум қаржы қаратылады.
Сондай-ақ:
➤ мәҳәлле баслығы "жетилик" ағзаларының жумыс режесин тастыйықлайды ҳәм олардың жумыс алып барыўын муўапықластырады;
➤ "жетилик"ти оқытыў ҳәм илимий-методикалық қоллап-қуўатлаў ушын Мәҳәллени раўажландырыў миллий институты шөлкемлестириледи.