Усы жылы шаңарақлық исбилерменлик жойбарлары ушын қосымша 2 триллион сум жеңиллетилген ресурс берилди. «Аўыр» мәҳәллелер ушын кредит ставкасы 17,5 проценттен 12 процентке түсирилди.

Енди мәҳәлле банкирлери өзи тапқан жойбары ушын усы ресурстан пайдаланыўы мүмкин болады. Бул системаны 1-августтан әмелиятқа енгизиў ўазыйпасы қойылды. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген мәҳәллелерге жаңа орталық алып кириў ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жумысын жаңаша шөлкемлестириў бойынша видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Мәҳәлле банкирлерине бизнес белсендилигин арттырыў, исбилерменлик, жумыс орны ҳәм халықтың дәраматын көбейтиў бойынша KPI белгиленеди. Район ҳәм қала ҳәкимлери мәҳәлле баслықлары менен бирге ҳәр бир мәҳәлле банкирине жылдың ақырына шекем анық буйыртпа қәлиплестирип береди.
Мәмлекетлик банклер быйыл 100 ден мәҳәллени қәнигелестириў басламасы менен шыққан. Өткен жылы 9 мәмлекетлик банктиң қатнасында мәҳәллелерде агросанаатты раўажландырыў ушын "Агростар" компаниялары шөлкемлестирилген еди.
Енди банклер мәҳәллени қәнигелестириў менен шекленип қалмастан, "Агростар"ларды тартқан ҳалда "жетистириў - қайта ислеў - сақлаў - қадақлаў - сатыў" шынжырын жаратады. Бир айда бағдарлама ислеп, 1 мың мәҳәлледе жумыс баслаў тапсырылды.