«Өзбекстан белгиси» көкирек белгилери өз ийелерине тапсырылды
231

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Әскерий бөлими баслығы Бердибеков Ақилбек ҳәм Нөкис мәмлекетлик техника университети Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Махсетбаев Зайд «Өзбекстан белгиси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Көкирек белгилери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитети баслығы М.Атамуратов тәрепинен өз ийелерине тапсырылды.
Мағлыўмат ушын, бул белги Ўатанымыздың абырайы, даңқын жоқарылатыўға ҳәм оның абырайын арттырыўға хызмет етип атырған, мәмлекетимиздиң социал-экономикалық турмысында белсене қатнасып, үлги көрсетип атырған жаслар ҳәм тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетимиздиң жоқары итибары есапланады.