Жылына ярым тоннадан аслам алтын ислеп шығарыў заводы жумыс баслады

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде регионымыздың инвестициялық тартымлығын арттырыў ҳәм исбилерменлер ушын имканиятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар даўам еттирилмекте.
Мине усындай жаратылған имканиятлар нәтийжесинде елимизде биринши мәрте исбилерменлер тәрепинен заманагөй технологиялар усылында алтын ислеп шығарыў заводы иске түсирилди.
Жаңа заводтың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиз экономикасын раўажландырыўда салмақлы үлес қосатуғын жаңа қуўатлық иске түсирилиўи мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, Қытай мәмлекетиниң «Dji An Tai international» компаниясы тәрепинен улыўма 33 миллион доллар қаржылар есабынан иске түсирилген жаңа заводта сап алтын ислеп шығарыў процесси төрт 9 пробаға (Au 999,9) жеткерилгени тарийхый ўақыялардан бири болды десек асыра айтқан болмаймыз.
Бул объект толық қуўатлықта иске түскеннен соң суткасына 1000 тонна руданы қайта ислеў арқалы жылына ярым тоннадан аслам алтын ислеп шығарыў жолға қойылады ҳәм 250 жаңа жумыс орны жаратылады.
Әлбетте, бүгинги иске түсип атырған жаңа қуўатлық халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етиўи менен бирге, елимиз экономикасын және де беккемлеўде айрықша орын ийелейди.