Ҳүрметли Президент!
256

Қарақалпақстан халқы Сизиң, халқымыздың абаданлығы ҳәм елимиздиң раўажланыўы жолындағы шексиз хызметлериңизди жоқары қәдирлейди.
Тиккелей өзиңиздиң басшылығыңызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар Жаңа Өзбекстанды және де қүдиретли ҳәм абадан мәмлекетке айландыратуғынына беккем исенемиз.
Бүгин Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар, халық турмысындағы унамлы өзгерислер Сизиң турақлы ғамхорлығыңыз ҳәм жоқары итибарыңыздың әмелий көриниси болып есапланады.
Сонлықтанда Қарақалпақстан халқы бүгинги күнинен разы, ертеңги күнине исеними беккем ҳәм буның ушын Сизден шексиз миннетдар.
Туўылған күниңиз мүбәрек болсын ҳүрметли Президент!