“30-июль – Халықлар дослығы күни” мүнәсибети менен “Дослық фестивалы” кең түрде белгиленди

Бүгин Тахтакөпир районы «Қаратерең» туристлик орайында “30-июль – Халықлар дослығы күни” мүнәсибети менен “Дослық фестивалы” салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, ҳәр жылы елимизде “Халықлар дослығы күни” байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келинбекте. Кең түрде белгиленип атырған байрам илажлары шетки аўыл ҳәм мәҳәллелерден баслап барлық қала ҳәм районларда халық сейиллери, миллий мәдений орайлар, миллий тағамлар, сүўретши ҳәм өнерментлердиӊ көргизбелери менен кең түрде даўам етпекте.
Бүгинги күнде елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери бир мақсет жолында бирлесип, ана-Ўатанымызды еле де раўажландырыў жолында аянбай мийнет етип, жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.
Әлбетте, бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлер аралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта.
Байрам илажы белгили қосықшылар атқарыўындағы гала-концерт бағдарламасы менен даўам етти.

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
