Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жаңа имканият, енди ҳәр бир жойбар банклер менен бирге көрип шығылады

Қарақалпақстан Республикасында «Әҳмиетли 40 күнлик» шеңберинде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа механизм иске түсирилди.
Енди перспективалы бизнес идеялар Жойбар офиси арқалы 9 коммерциялық банк ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылады.
☑️Ең әҳмийетлиси, жойбарлар тек ғана кредит ажыратыў көзқарасынан емес, ал оларды толық әмелге асырыў имканияты бойынша да баҳаланады. Яғный, финанслық модел, инфраструктура, зәрүр рухсатнамалар ҳәм жойбарды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған басқа да факторлар да биргеликте үйренилип, олардың шешимлери ислеп шығылады.
☑️Бул процессте коммерциялық банклер де белсене қатнасады. Олар перспективалы жойбарларды қаржыландырыў, исбилерменлерге банк хызметлерин көрсетиў ҳәм бизнес басламаларын әмелге асырыўда әмелий жәрдем береди.
☑️Жаңа системаның тийкарғы мақсети - жақсы бизнес идеялар қағазда қалып кетпеўи, оларды тезирек әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўдан ибарат. Сол арқалы мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм банклер биргеликте ҳәр бир жойбарды нәтийжеге шекем алып барыўға ҳәрекет етеди.