Дыққат, дағаза!

Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды креатив усылда халқымызға жеткериў бағдарында 14-30 жас аралығындағы жаслар арасында «Креатив мобилограф» таңлаўы өткериледи.
Таңлаў Қарақалпақстанда алып барылып атырған сиясий-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық реформаларды кең түрде сәўлелендириў, халқымыздың қалыс ҳәм исенимли информацияға болған талабын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Таңлаў бойынша таярланған видеоматериаллар 5-20-август күнлери аралығында арнаўлы комиссияның @kreativ_mobilograf_bot боты арқалы қабыл етиледи.
Тийкарғы талап: Таярланған видеороликтиң креативлиги, соңғы жаңаланыўларды сәўлелендириўи, қысқалығы ҳәм сапасына итибар қаратылады.
Елимиздеги жаңалықларды өзинде сәўлелендирген ең жақсы видео ҳәм оның дөретиўшиси болған мобилограф таңлаў жеңимпазы деп табылады.
❗️Жеңимпазлар iPhone 17 Pro Max, MacBook Neo, Noutbook пенен сыйлықланады.