Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў бойынша оғада әҳмийетли қарар қабыл етилди

«Нөкис қаласындағы "РК-1" қазанханасын когенерация технологиялары тийкарында модернизациялаў» жойбарын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы 2026-жыл 29-июль күнги Президент қарары қабыл етилди.
Халықты ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, электр энергиясы ҳәм ыссы суўды ислеп шығарыўда тәбийғый газден пайдаланыў көлемин азайтыў, сондай-ақ, ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыўға тиккелей сырт ел инвестицияларын жедел тартыў мақсетинде төмендегилер белгиленди.
Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын заманагөй энергия үнемлеўши когенерация технологиялары тийкарында модернизациялаў арқалы халық ҳәм экономика тармақлары турақлы электр ҳәм ыссылық энергиясы менен тәмийинленеди.
Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде инфраструктураны қурыў мақсетинде 28 км ыссылық тармақларын қурыў ҳәм 189 ыссылық пунктлерин орнатыў менен жабық системаға өткериў арқалы 10 320 халық электр, 22 880 халық ыссылық энергиясы менен тәмийинленеди.
Электр энергиясы ҳәм ыссы суў ислеп шығарыўда тәбийғый газдиң жумсалыўы оптималластырылады, ыссылық тармақларындағы шығынлар 30 процентке шекем азайтылады ҳәм энергия нәтийжелилиги 10 процентке арттырылады.
Ыссылық тәмийнаты тараўында мәмлекетлик-жеке шериклик механизмлери енгизиледи ҳәм бул бағдарға сырт ел инвестициялары тартылады.
Сондай-ақ, қарар менен:
Саудия Арабстанының "Saudi Tabreed District Cooling" компаниясы тәрепинен 20,3 миллион АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестиция қаржылары тартылады;
"Ыссылық тәмийнаты" АЖ мәмлекетлик шериги ҳәм Инвестор тәрепинен жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестирилетуғын арнаўлы жойбарлаў компаниясы жеке меншик шерик етип белгиленеди.