Қарақалпақстан Республикасындағы төмен күшлениўли электр тармақларын модернизациялаўдың мақсетли көрсеткишлери белгиленди

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Министрлер Кабинетиниң “Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўалаятында электр тәмийнатын жақсылаўға қаратылған бағдарламаны әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарар менен 2026-2029-жылларда Қарақалпақстан Республикасындағы төмен күшлениўли электр тармақларын модернизациялаўдың мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Яғный, усы жыллар аралығында Қарақалпақстанда 688 млрд. 316,4 млн. сум қаржы есабынан қурылыс-модернизация жумыслары әмелге асырылады.
Соннан, 216 млрд. 473,5 млн. сум есабынан 850,9 км тармақ, 214 транформатор пункти, 24 бөлистириў қурылмасы ҳәм 11 ячейка комплекти жаңадан қурылады.
Буннан тысқары, 471 млрд. 842,9 млн сум қаржы есабынан 2 мың 599,6 км узатыў тармағы, 197 трансформатор пунктлеринде модернизация ҳәм реконструкция жумыслары алып барылады.
Ең тийкарғысы, бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылады.