Нөкиске 44 дана заманагөй автобус алып келинди

Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде аймақларда жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў, халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў ҳәм ҳәрекетлениў қурамын заманагөй автобуслар менен жаңалаў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыўшы "Fayz Avangard" ЖШЖ кәрханасы тәрепинен 32 дана ҳәм "Mangit lestorg" ЖШЖ тәрепинен 12 дана заманагөй автобуслар алып келинди. Бул автобуслар қала ишиндеги жөнелислерге "Брутто-шәртнама" тийкарында жайластырылады.
Заманагөй ҳәрекетлениўши қурылмалар Нөкис қаласында жәмиетлик транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў, жолаўшылар ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз қатнаўды тәмийинлеў және транспорт системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.