Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районында гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳәм коммунал тараўдағы жумыслар менен танысты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында болып, халықты сапалы ҳәм турақлы коммуналлық хызметлер менен тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды үйренди.
Дәслеп "Ғалаба" мәҳәллесиндеги трансформатор пунктиниң жумысы көзден өткерилди. Электр тармақларындағы жоғалтыўларды азайтыў ҳәм үзликсиз узатыўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар көрип шығылып, анықланған кемшиликлерди жеделлик пенен сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы "Уллыбағ" АПЖдағы газ бөлистириў қурылмаларының ислеў жағдайы ҳәм энергияны үнемлеўшилигин көзден өткерди. "Ибн Сино" мәҳәллесиниң Төрткүл көшесинде алып барылып атырған газ тармағын реконструкциялаў процессин барып көрди.
Мәнзилли үйрениўлер даўамында газ қубырларын тәртипке келтириў, бояў ҳәм газ шығыўының алдын алыў арқалы қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша анық көрсетпелер белгиленди.
Буннан кейин Жоқарғы Кеңес Баслығы нуранийлар ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасып, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар бойынша пикирлести.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
