Қарақалпақстанға Қытайдан 50 мың бас нәсилли қарамал алып келинеди

Ҳүрметли Президентимиздиң 179-санлы қарары менен шарўашылықты раўажландырыў бағдарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ф.Нурмухаммадов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Қытай мәмлекетине барды.
Сапар шеңберинде Қытайдың “Hualing Yecheng Agriculture and Animal Husbandry Development Co., Ltd.” ЖШЖ ҳәм “Ўрта қала чорва моллари” ЖШЖ арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Келисим бойынша үш жыл даўамында Қарақалпақстанға 50 мың бас нәсилли қарамал алып келиниўи белгиленген. Жойбардың дәслепки басқышында 200 бас нәсилли мал алып келинип, оларды күтимли бағыў ҳәм көбейтиў жумыслары жолға қойылды.
Атап өтиў орынлы, бул жойбар шарўашылықтың нәсилшилик базасын беккемлеў, жоқары өнимдарлы қарамаллар санын көбейтиў, гөш ҳәм сүт ислеп шығарыў көлемин арттырыў, сондай-ақ, тараўда заманагөй технологиялар ҳәм алдынғы тәжирийбелерди кеңнен енгизиўге хызмет етеди.
Бундай халықаралық бирге ислесиў жойбарлары аймақларда шарўашылықты турақлы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
.jpg)
.jpg)