Органикалық помидорды қайта ислеў ҳәм экспорт етиў имканияты кеңейтилмекте

Нөкис районында жумыс алып барып атырған “BIOGUMUS” фермер хожалығы тәрепинен қуяшта кептирилген Экологиялық таза, органикалық помидорды қайта ислеў жолға қойылған.
Кәрханада помидордан 10 түрдеги өним ислеп шығарылып, таяр өнимлер Қытай, Франция, Израил ҳәм Япония сыяқлы сырт мәмлекетлерге экспорт етилмекте.
Усы жылы өндирислик қуўатлылықты арттырыў мақсетинде 15 млрд. сум қаржы есабынан Қытайдан заманагөй әсбап-үскенелер алып келинип, ҳәзирги ўақытта оларды монтажлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Жаңа үскенелер иске қосылғаннан соң, қуяшта кептирилген помидорға май ҳәм приправалар қосыў арқалы жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылады. Нәтийжеде кәрханада күнине 5 мың қуты өним ислеп шығарыў имканияты жаратылады.
Бул жойбардың толық қуўатлылықта иске қосылыўы нәтийжесинде кәрхананың жумысы және де кеңейип, өндирис көлеми ҳәм экспорт потенциалы артады, жаңа жумыс орынлары жаратылады.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
