Ақтеңге Кеунимжаева өз салмақ категориясында теңсиз деп табылды
178

Қытайдың Сиан қаласында спорттың ҳаяллар гүресинен China Central Asia атамасында халықаралық турнир болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Ақтеңге Кеунимжаева 50 кг салмақ категориясында мүнәсип қатнасып, барлық қарсыласларынан үстем келди.
Кескин беллесиўлер менен өткен жекпе-жеклер жуўмағы менен Ақтеңге 1-орынды ийелеп, 🥇алтын медалды сайланды командамыз есабына жазып қойды.