Ҳүрметли салық уйымлары хызметкерлери!

Ең дәслеп, Сизлерди бүгинги сәне - Салық хызмети шөлкемлестирилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз!
Салық хызмети - мәмлекетимиздиң финанслық турақлылығы, экономикалық раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўде әҳмийетли болған жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы тараў болып есапланады.
Өзине жүклетилген ўазыйпаларды шын кеўилден орынлап, бюджет дәраматларын толық ҳәм өз ўақтында қәлиплестириў, исбилерменлик орталығын саўалландырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў жолында мүнәсип мийнет етип атырған салық уйымлары хызметкерлериниң пидәкерлик мийнети бәрқулла итибарға ылайық.
Бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, соның ишинде, салық системасында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар ең дәслеп халқымыздың бүгинги турмысынан разы етиў жолында даўам еттирилмекте.
Соны айрықша атап өтиў керек, бүгинги күн салықшылары енди исбилерменлердиң жақын жәрдемшиси, мәҳәллелерде жаңа жумыс орынларын жаратыўда басламашы ҳәм жәмийетте социаллық әдилликти тәмийинлеўге үлес қосатуғын кәсип ийелерине айланбақта.
Халқымыз сиз әзиз тараў хызметкерлериниң пидәкерлик мийнетиңизди ҳәмийше қәдирлейди.
Сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеп қаламыз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы