Ҳүрметли исбилерменлер, Бүгинги дəўирдиң ҳақыйқый қаҳарманлары!

Ең дәслеп, бәршеңизди елимизде кең түрде белгиленип атырған əжайып байрам – «Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Бәршемизге мәлим, ҳүрметли Президентимиз тəрепинен 2021-жылдың 23-декабрь күни қол қойылған «Исбилерменлер күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық бул сəне ҳәр жылы пүткил елимиз бойлап кең түрде белгиленип келинбекте. Бул əлбетте, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясат дəрежесине көтерилгенлигиниң жəне бир көриниси есапланады.
Соны да айрықша айтыў керек, сизиң тымсалыңызда бүгин халқымыз жаңа заман талабына сәйкес қәдем таслайтуғын, тынып-тыншымас, өз үстинде барқулла ислеп, турмысымызға жаңалықларды алып кириўден шаршамайтуғын, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы турмысымыз абаданлығын арттырыўда мүнәсип үлес қосып атырған ҳақыйқый дәўиримиз қаҳарманларын көреди.
Елимиз экономикасын көтериўде үлес қосыў ҳәм беккемлеўдей пидәкерли мийнетлериңизди халқымыз барқулла қәдирлейди.
Сизлерди Исбилерменлер күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы