1-КЛАСС ОҚЫЎШЫЛАРЫНА ПРЕЗИДЕНТ САЎҒАЛАРЫ ЖЕТИП КЕЛДИ!
17

Жаңа оқыў жылын қуўаныш пенен күтип алып атырған кишкене оқыўшыларымыз ушын Президент саўғалары Қарақалпақстан Республикасына жетип келди.
2026/2027-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-класына қабыл етилетуғын 38 мың 915 бала ушын 12 атамадағы Президент саўғалары алып келинди.
Бүгинги күнде саўғалар барлық улыўма орта билим бериў мектеплерине басқышпа-басқыш жеткерип берилмекте.