Орайлық "Туран" стадионына заманагөй VAR технологиясы орнатылды
187

Орайлық "Туран" стадионында футбол ойынларын заманагөй талаплар тийкарында өткериў мақсетинде VAR - төрешилер қарарларын видеожазыў арқалы қайта көрип шығыў системасы орнатылды.
Бул технология тартыслы жағдайларды анықлаў, төрешилер қарарларының анықлығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеўге хызмет етеди. VAR системасының иске түсирилиўи стадион инфраструктурасын заманагөй стандартлар тийкарында раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады.
Енди Орайлық "Туран" стадионында өткерилетуғын футбол ойынларында заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў имканияты және де кеңейеди.


