Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қарақалпақстанда 12 ири объект иске түсирилди

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен аймақларда улыўма баҳасы 50 триллион сумлық 163 жаңа объектлерди иске қосыў мәресими болып өтти.
Илажда мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы студияларға жыйналған кең жәмийетшилик ўәкиллерин, олар арқалы пүткил халқымызды жақынласып киятырған уллы байрам менен қутлықлады.
Онда Нөкис қаласындағы жаңадан реконструкция қылынған Туран стадионынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, кең жәмийетшилик ўәкиллери видеобайланыс арқалы қатнасты.
Атап өтиў орынлы, бүгин мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, 72 ири инвестициялық жойбар және 91 социаллық тараў объекти пайдаланыўға тапсырылды.
Соннан, Қарақалпақстанда да жәми 12 объект, соның ишинде 117 млрд. сум қаржы есабынан жаңадан реконструкцияланған Туран футбол стадионы, 3,1 трлн. сумлық 200 мегаваттлы самал электр станциясы ҳәм 100 мегаваттлы энергия сақлаў системасы, 153 млрд. сумлық Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы, 12 млн. долларлық ҳәк ислеп шығарыў заводы, халықаралық финанс институтлары тәрепинен қаржыландырылып, 167,7 млрд. сум есабынан реконструкцияланған Манғыт суў тазалаў объекти, Нөкис қаласында 15 млн. долларлық газоблок ислеп шығарыў кәрханасы, Кегейлиде 4 млн. долларлық ДВП өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары сыяқлы объектлер иске түсирилди.
Буннан тысқары, Нөкис районы аймағында 60 млрд. сумлық қусшылық комплекси, Уллы Британияның 3,3 млрд. сумлық Pearson Btec халықаралық билимлендириў бағдарламасы жойбары, Нөкис қаласында 21 млрд. сумлық заманагөй жеке меншик мектеп, Тақыятас районындағы 8,5 млрд. сум есабынан жаңадан қурылған 23-санлы улыўма билим бериў мектеби, Шымбай районында 13,4 млрд. сумлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, пайдаланыўға тапсырылған объектлер халқымыз ийгилиги жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)
