Ғәрезсизлик байрамы алдынан және бир заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы байрамы алдынан Беруний районы Абай АПЖ аймағында жайласқан 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Бул заманагөй билимлендириў орайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-5246-санлы қарары тийкарында, Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды бағдарламасы шеңберинде аўыллық аймақларда жасайтуғын балалар ушын қолайлы ҳәм заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде қурылды.
90 орынлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми заманагөй талапларға жуўап беретуғын шараятлар менен тәмийинленди.
Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 4 млрд 900 млн сум қаржы қаратылды.
Жаңа билимлендириў орнының пайдаланыўға тапсырылыўы аймақтағы балалардың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ушын және де кең имканиятлар жаратады.
.jpg)
