Байрам алдынан жаңа мектеп пайдаланыўға тапсырылды
146

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы байрамы алдынан Шымбай районы Дослық МПЖ аймағындағы 47-санлы улыўма орта билим бериў мектеби пайдаланыўға тапсырылды.
Бул билимлендириў орайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-454-санлы қарары тийкарында 330 орынға мөлшерленген. Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 13 миллиард 450 миллион сум қаржы ажратылды.
Заманагөй ҳәм барлық зәрүр шараятларға ийе болған жаңа мектепте оқыўшылардың сапалы билим алыўы, бос ўақтын мазмунлы өткериўи ҳәм педагоглар ушын мүнәсип мийнет шараятлары жаратылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)