Ғәрезсизлик байрамы алдында жаңа мектеп ашылды
187

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы алдынан Тақыятасрайонында және бир қуўанышлы ўақыя - жаңа билимлендириў дәргайы өз есиклерин ашты.
Айдын жол МПЖ аймағындағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектеби пайдаланыўға тапсырылды.
Мектеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-5246-санлы қарары тийкарында 176 орынға мөлшерленген болып, оның қурылыс-оңлаў жумысларына 8 миллиард 496 миллион сум қаржы қаратылды.
Заманагөй шараятларға ийе жаңа мектеп енди аймақтағы оқыўшылар ушын сапалы билим алыў ҳәм өз қәбилетлерин көрсетиў имканиятларын және де кеңейтеди.
.jpg)
.jpg)
