Мәмлекетимиз Ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен «Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы» естелик белгиси тапсырылды

Мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин арттырыў, исбилерменлик ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында реформалардың нәтийжесин тәмийинлеўде жанкүйерлик көрсетип киятырған, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, елимизде тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде жақында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.
Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасынан да бир топар белсендилер сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыўға арналған илаж өткерилди. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ең уллы ҳәм ең әзиз байрам мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Буннан соң елимиз раўажланыўы жоллында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар белсендилерге «Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы» естелик белгиси тапсырылды.
Илажда сөзге шыққанлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында буннан-былайда аянбай хызмет ететуғынлығын атап өтип, мийнетлери мүнәсип баҳаланып атырғаны ушын ҳүрметли Президентимизге айрықша миннетдаршылығын билдирди.

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

