Ең уллы ҳәм ең әзиз байрам мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымызға мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты Ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ғәрезсизлигимиздиң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына тийкар мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен сыйлықланған ўатанласларымызға орден, медальлар тапсырылды.
Бүгинги хошаметленгенлер сыйлықлардың тапсырылыўы елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси екенлигин айрықша тилге алып, буның ушын Президентимизге терең миннетдаршылығын билдирди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)

.jpg)