Қарақалпақстанда иске түсирилген ири объектлер барып көрилди

Кеше ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен аймақларда улыўма баҳасы 50 триллион сумлық 163 жаңа объектти иске қосыў мәресими болып өткен еди. Онда мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа ири объектлер, соның ишинде Қарақалпақстанда 12 ири объект пайдаланыўға тапсырылды.
Бугин бир топар мәмлекетлик белсендилер, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери усы объектлер менен жақыннан танысты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде иске түсирилип атырған бундай ири объектлер ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәм Қарақалпақстан ушын айрықша қаратылған итибардың нәтийжеси екенлигин атап өтти.
Дәслеп, Нөкис қаласындағы жаңадан ашылған автоклав усылында газоблок ислеп шығарыў кәрханасы жумыслары барып көрилди.
Атап өтиў орынлы, 175 млрд. сум қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилген кәрханада жылына 350 мың куб метр газоблок ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылған. Ең тийкарғысы, бул кәрхана толық қуўатлықта иске түсиўи менен 90 пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.
Мийманлар кәрхана жумыс процесси менен танысып, жумысшылар менен жақыннан пикирлести.


.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)