Буннан соң Нөкис районы аймағындағы «Интер Агро бройлерлар Нукус» кәрханасының жумысы менен жақыннан танысылды

Улыўма баҳасы 60 миллиард сум болған жойбар тийкарында жаңадан қурылған бул кәрханада бүгинги күнде 40 жаңа жумыс орны жаратылған. Кәрханада халықтың дастурханына сапалы таўық гөши ҳәм мәйек өнимлерин жеткерип бериў менен бирге, нәсилшиликке арналған инкубациялық мәйек жетистириў бағдары да жолға қойылған.
Әҳмийетлиси, бүгинги күнде кәрхана тәрепинен сырт елге шөжелерди экспорт етиў жумыслары да баслап жиберилген.
Жойбардың иске қосылыўы аймақта қусшылық тармағын және де раўажландырыў, сапалы өним ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм ишки базар талабын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе, нәсилшилик бағдарының жолға қойылғаны тараўдағы имканиятларды кеңейтиўге хызмет етеди.
Ең әҳмийетлиси, бундай заманагөй өндирис кәрханаларының қурылысы аймақ экономикасына жаңа пәт бағышлап, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, жергиликли өнимлердиң түри ҳәм көлеминиң көбейиўи ушын тийкар жаратпақта.
.jpg)


.jpg)