Сондай-ақ, жәмийетшилик белсендилери 153 млрд. сум қаржы есабынан шөлкемлестирилген Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясының жумысы менен жақыннан танысты

Соны айрықша айтыў керек, ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанға болған сапары даўамында Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы жумысы менен жақыннан танысып, Қарақалпақстанда медицина тараўы хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыў ушын шараят жаратыў бойынша тапсырма берген еди. Мине усы тийкарда илимий-әмелий академия шөлкемлестирилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Академияда 159 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген болып, бул жерде медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын арттырыў ҳәм заманагөй медициналық әмелиятты өзлестириўи ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, академия ең заманагөй медициналық үскенелер, арнаўлы техникалық қураллар ҳәм симуляциялық ханалар менен тәмийинленген.
Итибарлы тәрепи, бул жерде орнатылған айырым заманагөй үскенелер тек ғана мәмлекетимизде емес, ал Орайлық Азияның басқа да мәмлекетлеринде де санаўлы есапланады. Бул болса медицина қәнигелериниң теориялық билими менен бир қатарда, әмелий көнликпелерин де жоқары дәрежеде қәлиплестириў имканиятын береди. Бул өз гезегинде, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
