Жаңадан ашылған жеке меншик мектеп жумысы барып көрилди

Нөкис қаласында жаңадан қурылған заманагөй «Зейин» жеке меншик мектеби барып көрилди. Жәмийетлик белсендилер бул жерде оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Баҳасы 21 миллиард сум болған бул заманагөй билимлендириў орны бүгинги күнниң талаплары тийкарында қурылып, оқыўшылардың сапалы билим алыўы ушын зәрүр имканиятлар менен тәмийинленген. Әсиресе, билимлендириў процессинде заманагөй санлы технологиялардан пайдаланылыўына, оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған.
Ең әҳмийетлиси, Нөкис қаласында заманагөй жеке меншик мектептиң иске қосылыўы билимлендириў тараўында жаңа имканиятларды кеңейтип, ата-аналар ҳәм оқыўшылар ушын сапалы билим алыўдың және бир альтернатив бағдарын жаратпақта. Бундай жойбарлар аймақта билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм жас әўлад ушын мүнәсип шараятлар жаратыўға хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)