Жаңаланған «Туран» стадионы ғәрезсизлик байрамы қарсаңында халқымызға ҳәм футбол ықласбентлерине мүнәсип саўға болды

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халық хожалығының барлық тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бундай реформалардың әмелий нәтийжелери тийкарында жаңа жумыс орынлары, өндирис қуўатлықлары жаратылып, инфраструктура менен байланыслы ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мине усындай әмелий жумыслар қатарында күни кеше ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимиз бойынша ири объектлер, соның ишинде, Қарақалпақстанда да 12 ири объект пайдаланыўға тапсырылған еди.
Бул объектлер қатарында жәми 117 млрд. сўм қаржы есабынан реконструкцияланған Туран футбол стадионы да иске қосылды.
Реконструкция жумыслары шеңберинде тийкарғы футбол майданына қосымша 2 футбол майданшасы, футболшылар ушын жатақхана, оқыў ханалары, асхана, китапхана, фитнес ҳәм спорт заллары, халыққа хызмет көрсетиў орынлары, автомашиналар турыў орны қурылды. Буның нәтийжесинде стадион футболға қәнигелестирилген спорт комплексине айландырылды.
Сондай-ақ, футбол ойынларын заманагөй талаплар тийкарында өткериў мақсетинде VAR - төрешилер қарарларын видеожазыў арқалы қайта көрип шығыў системасы орнатылды.
Әлбетте, бул объекттиң Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз ҳәм футбол жанкүйерлери ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Мийманлар стадионда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.



.jpg)