Тахтакөпир районы «Дәўир» мәҳәллесиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды
144

Бүгин Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы байрамы алдынан «Дәўир» мәҳәллеси ушын жаңадан қурылған имарат пайдаланыўға тапсырылды.
Бул жойбар 1 миллиард 290 миллион сўм қаржы есабынан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Жаңа имараттың ашылыў мәресиминде район ҳәкими Ж.Адилов, мәҳәлле турғынлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Заманагөй ҳәм қолайлы шараятларға ийе болған жаңа имаратта мәҳәлле халқы ушын бир қатар қолайлықлар, мәҳәлле хызметлерин нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм халық пенен ислесиў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.
.jpg)
.jpg)