Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Шоманай шаңарақлық медицина пункти пайдаланыўға тапсырылды
141

Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Шоманай районы Медицина бирлеспесине қараслы "Мамый" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Шоманай шаңарақлық шыпакерлик пункти имаратының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Бул шыпакерлик пункти Президентимиздиң ПҚ-248-санлы қарарына муўапық, 2 миллиард 216 миллион сум қаржы есабынан толық реконструкцияланды.
Пайдаланыўға тапсырылған Шоманай шаңарақлық шыпакерлик пунктинде жаратылған заманагөй шараятлар 2200 ден аслам халыққа басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемди өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетиў имканиятын береди.

.jpg)
.jpg)