Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы қарсаңында Амангүлге ең қуўанышлы саўға!
186

Амангүл Тәнирбергенова ушын бул байрам және де қуўанышлы ҳәм умытылмас күнге айланды.
Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Амангүлге 2 ханалы заманагөй квартира тапсырылды.
Ғәрезсизлик - бул, бәринен бурын, инсан қәдири, тыныш ҳәм абадан турмыс, арзыў-нийетлердиң әмелге асыўы дегени. Бүгин Амангүлдиң өз үйине ийе болғаны да мине усы уллы қәдириятлардың турмыстағы және бир айқын көриниси болып есапланады.