Тақыятас районы «Кенегес» мәҳәллесинде заманагөй турмыслық хызмет көрсетиў орайы пайдаланыўға тапсырылды

Мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы қарсаңында Тақыятас районында байрам илажлары қызғын даўам етпекте. Бүгин райондағы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында және бир әҳмийетли объект - халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде қурылған Турмыслық хызмет көрсетиў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Орайдың ашылыў илажында аймақ турғынлары, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, шетки аймақлар ушын да усыншама итибар қаратып атырғанлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.
Атап өтиў орынлы, бул көркем имарат Президентимиздиң 5246-санлы қарары тийкарында 3,6 млрд. сум қаржы есабынан заманагөй, барлық қолайлықларға ийе етип қурып питкерилди.
Әлбетте, бул жаңа орай аймақ халқы ушын түрли күнделикли турмыслық хызметлерди бир жерге жәмлестирип, олардың узағын жақын, аўырын жеңил етиўге хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)
