Тақыятаста байрам саўғасы: «Кенегес» АПЖда жаңа заманагөй балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды

Мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен бүгин Тақыятас районында 3 жаңа мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.
Усы байрам саўғаларының бири — «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеген 22-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми есапланады.
Бул заманагөй билимлендириў мәскани Президентимиздиң 5246-санлы қарары тийкарында, ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўындағы «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде қурып питкерилди.
Жаңа бақшаның иске түсирилиўи аймақтағы балаларды сапалы тәлим-тәрбия менен қамтып алыў дәрежесин арттырыўға ҳәм де олардың заман талаплары тийкарында жетик инсан болып камалға келиўине хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)
