Ғәрезсизлик байрамына үшинши саўға: «Жаңа мәкан» мәҳәллесинде жаңа заманагөй балалар бақшасы иске түсти
209

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Тақыятас районында пайдаланыўға тапсырылып атырған 3 жаңа балалар бақшасының бири — «Жаңа мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 20-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми де салтанатлы түрде ашылды.
Бул имарат та Президентимиздиң 5246-санлы қарары тийкарында, «Аўыл аймақларын турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде 5,2 млрд. сум қаржы есабынан қурылды.
Бир күнде избе-из пайдаланыўға тапсырылған усы 3 жаңа билимлендириў мәкемеси район халқы, әсиресе, келешегимиз ийеси болған балалар ушын ғәрезсизлик байрамына мүнәсип саўға болды.
.jpg)
.jpg)