Қоңырат районында жаңа көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды

Қоңырат районы орайындағы «Азатлық» мәҳәллесинде заманагөй көп қабатлы турақ жай имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Илаж мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары шеңберинде шөлкемлестирилди.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 1-апрельдеги 132-санлы қарары менен Қоңырат районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланған. Қарарда район орайында халықтың жасаўы ҳәм исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў, сондай-ақ, 2026-жылдан баслап ески турақ жайлардың орнында реновация тийкарында заманагөй көп қабатлы турақ жайларды қурыў ўазыйпалары белгиленген еди.
Бул ўазыйпалардың әмелий көриниси сыпатында «Азатлық» мәҳәллесинде бурын болған ески ҳәм авариялық жағдайдағы еки қабатлы турақ жайлардың орнында 5 қабатлы, 35 квартираға мөлшерленген заманагөй турақ жай имараты бой тикледи.
Жаңа имарат заманагөй архитектуралық талапларға жуўап бериўи менен бирге, аймақтың көринисин жаңалаў ҳәм халық ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыўға хызмет етпекте.
Ашылыў мәресиминде жаңа квартира ийелерине жаңа үй гилтлери тапсырылды.
.jpg)
.jpg)